ПАЙДАЛАНИЎ ШАРТЛАРИ.

Усы Пайдаланыў шәртлери (”Шәртлер”) “Қарекен” компаниясының веб-сайтына (”Веб-сайт”) кириў ҳәм оннан пайдаланыў, сондай-ақ, веб-сайт арқалы буйыртпа бериўдиң улыўма қағыйдаларын белгилейди. Сиз Веб-сайттан пайдаланыў арқалы усы Шәртлер менен танысқанлығыңызды ҳәм оларға әмел етиўге келисим бергенлигинизди тастыйықлайсыз.

1. УЛЫУМАЛЫҚ

1.1. Сайт өним ассортиментин көрип шығыў ҳәм “Қарекен” өнимлерине буйыртпа бериў ушын арналған.

1.2. Буйыртпаларды дизимнен өткерместен ҳәм есап бетин ашпастан бериў мүмкин.

1.3. Компания сайт мазмуны, өним түрлери, баҳалары, сатыў шәртлери ҳәм усы Шәртлерди алдыннан ескертиўсиз қәлеген ўақытта өзгертиўи мүмкин. Жаңаланған Шәртлер веб-сайтта жәрияланған ўақыттан баслап әмел етеди.

2. БУЙЫРТПА БЕРИЎ

2.1. Буйыртпа бериў ушын Пайдаланыўшы буйыртпаны қайта ислеў ушын зәрүр болған мағлыўматларды (аты, телефон номери, мәнзили ҳәм усынылған жағдайда электрон почта) усынады.

2.2. Төлем әмелге асырылғаннан соң, Пайдаланыўшы буйыртпа номери көрсетилген тастыйықлаў бетине өтеди.

2.3. Қосимша тастыйықлаўлар ҳәм хабарнамалар, егер Пайдаланыўшы тәрепинен берилген болса, СМС ҳәм/ямаса электрон почта арқалы жиберилиўи мүмкин.

2.4. Компания буйыртпаны орынлаўдан бас тартыў, бийкар қылыў ямаса бас тартыў (соның ишинде, техникалық қәтелер, дурыс емес мағлыўматлар, товар базасы болмаған жағдайларда, баҳаларды белгилеўде ямаса буйыртпаның орынланыўына тосқынлық ететуғын басқа да жағдайларда) ҳуқықына ие.

3. БАҲАЛАР ҲӘМ ӨНИМ ҲАҚҚИНДА МАҒЛИЎМАТ

3.1. Веб-сайттағы барлық баҳалар, йегер өзгешелик көрсетилмеген болса, сўмда көрсетиледи.

3.2. Сайттагы маглиўматлар әмелдеги низам руқсат еткен дәрежеде улиўма мәжбүрий болган улиўма жәриялық усыныс болмайди.

3.3. Компания өнимлердиң анық сыпатламаларын бериўди мақсет етеди, бирақ онда азырақ парықлар жүз бериўи мүмкин (соның ишинде, қурылманың өзине тән реңлерин көрсетиў себепли).

4. ЖЕТКЕРИП БЕРИЎ

4.1. Қарақалпақстан аймағында жеткизиў хызмети бар.

4.2. Басқа регионлар ҳәм мәмлекетлерге жеткерип бериў ушын бар байланыс каналлары арқалы биз бенен байланысың.

4.3. Буйыртпа тастыйықланғанда жеткерип бериў мүддетлери мәлим етиледи.

5. ИНТЕЛЛЕКТУАЛ МҮЛК

5.1. Веб-сайттағы барлық материаллар, соның ишинде, саўда белгилери, атлар, текстлер, сүўретлер, дизайн, интерфейс елементлери, фотосүўретлер, логотиплер, графика ҳәм басқа коньтент (”Материаллар”), интеллектуаллық мүлк есапланады ҳәм Компанияға тийисли ҳәм/ямаса Компания тәрепинен нызамлы түрде пайдаланылады.

5.2. Кәрхананың алдын ала жазба түрдеги рухсатысыз Материалды ҳәр қандай көшириў, көбейтиў, тарқатыў, басып шығарыў, өзгертиў, коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў ямаса басқаша түрде пайдаланыў қадаған етиледи.

5.3. Нызамбузыўшылықлар анықланған жағдайда Компания қорғаў илажларын көриў, соның ишинде, платформа администраторлары, ҳостинг провайдерлери ҳәм ўәкилликли уйымлар менен байланысыў, материалды тоқтатыў, алып таслаў ҳәм зыянды қаплаўды талап етиў ҳуқықын өзинде сақлап қалады. Ҳуқықбузар әмелдеги нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда ҳәкимшилик ҳәм (ямаса) жынайый жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.

6. ШЕКЛЕУЛЕР

6.1. Пайдаланыўшы Веб-сайттан нызамлы ҳәм дурыс жол менен пайдаланыўға, Компания ҳәм/ямаса үшинши шахслардың ҳуқықларын бузбаўға келисим береди.

6.2. Веб-сайтты бузыўға, ҳәр қандай бөлимлерге, системаларға ямаса мағлыўматларға руқсат етилмеген кириўге ямаса Веб-сайттың жумысына басқаша түрде араласыўға қаратылған ҳәрекетлерди әмелге асырыў қадаған етиледи.

7. ЖЕКЕ МАГЛИЎМАТЛАР

7.1. Жеке мағлыўматларға ислеў бериў сайтында жәрияланған Жекелик сиясатына муўапық әмелге асырылады.

8. ЖУЎМАҚЛАЎШИ ҚАҒИЙДАЛАР

8.1. Усы Шәртлердиң қандайда бир қағыйдасы ҳақыйқый емес ямаса орынлаў мүмкин емес деп табылса, қалған қағыйдалар толық күште ҳәм әмелде қалады.

8.2. Веб-сайттан пайдаланыў ямаса буйыртпа бериў бойынша сораўларыңыз болса, биз бенен байланысыў ушын бар болған байланыс каналлары арқалы мүрәжат етиң.